Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы Полат Махсетбаев Төрткүл районы ҳәкимлигинде аймақ жаслары менен ушырасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар тәрепинен елимизде Президентимиздиң басшылығында жасларды, соның ишинде қарақалпақстанлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған ислер ҳәм олардың унамлы нәтийжелери туўралы кең түрде сөз етип, бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти.
Соның менен бирге, илажда усындай жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған жаслардың үлгили ислери илаж қатнасыўшыларына өрнек сыпатында көрсетип өтилди.
Ушырасыўда аймақ жаслары ҳәм олардың ата-аналарының да пикир-усыныслары тыңланып, олардың мәселелерин унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көриў ушын алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Сондай-ақ, усы күни Полат Махсетбаев ата-анасынан ерте айырылған Ёшлик мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жаслардың да жағдайларынан хабар алып, оларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы