Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мақсетинде, республикамыздағы қала ҳәм районлар Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларға қәўендерлик етиў ушын бириктирилген еди. Соңғы жыллары республикамызда бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып, қала ҳәм районларда көплеген санаат кәрханалары ҳәм социаллық объектлер иске түсирилди. Буның нәтийжесинде аймақларда жумыссыз  отырған пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленип, олар турақлы дәрамат табыў имканиятына ийе болды.

Соның ишинде, Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги Қараөзек районына қәўендерликке бириктирилген еди. Президентимиздиң басламасы тийкарында наманганлылар тәрепинен алып барылып атырған жумыслардың барысы менен танысыў ҳәм жаңа кәрханаларды иске түсириў мақсетинде, 21-декабрь күни Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкатжон Абдураззоқов басшылығындағы тийисли тараў басшылары ҳәм исбилерменлерден ибарат топар хызмет сапары менен Қарақалпақстанға келди.

Мийманлар ең дәслеп Нөкис қаласы аймағынан «Уйчи тумани» тәжирийбеси тийкарында улыўма баҳасы 12 млрд сум болған киши санаат зонасының шөлкемлестирилиўине арналған илажда қатнасты.

Атап айтқанда, бул жерде «Наманган-Нукус-Уйчи» ЖШЖ тәрепинен заманагөй технологиялар тийкарында темиршиликке қәнигелескен киши санаат зонасы шөлкемлестирилип, онда қосымша саўда орайларын қурыў нәзерде тутылған.

Илажда Наманган ўәлаяты ҳәкими Ш. Абдураззоқов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов биргеликте киши санаат зонасының ирге тасын қойыў мәресимине қатнасып, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жумысларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде алып барылып атырған ийгиликли ислерди мақтаныш пенен айтып өтти ҳәм шөлкемлестирилип атырған жаңа кәрхананың жумысларына табыслар тиледи.

Илажда бул киши санаат зонасының иске түсиўи менен 70 жаңа жумыс орны жаратылатуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң делегация ағзалары Қараөзек районы «Мәденият сарайы» нда болып, район турғынлары менен ушырасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов, Наманган ўәлаяты ҳәкими Ш. Абдураззоқов аймақ халқын кирип киятырған 2025-жыл Жаӊа жыл байрамы менен шын жүректен қутлықлап, кем тәмийинленген жумыссыз 50 пуқараға мотокультиваторлар, тигиў машиналары, турмыслық буйымлар ҳәм 140 балаға жаңа жыл саўғаларын салтанатлы жағдайда тапсырды.

«Жас әўладты жетик, ел журт ушын пидайы инсанлар етип тәрбиялаўда биз ҳүрметли нураныйларымызға исенемиз»- деген еди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан елимизде нураныйлар ҳәм жаслардың бирге ислесиўине кең имканият жаратылып, орынларда «Устаз-шәкирт» бағдарламалары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, аймақларда «Үш әўлад» ушырасыўларын өткериў де турақлы жолға қойылған.

Усы мақсетте Наманган ўалаяты менен биргеликте Қараөзек районындағы пайызлы орынлардың биринде «Үш әўлад ушырасыўы» шөлкемлестирилди.

Онда шығып сөйлеўшилер жасы үлкенге ҳүрмет, жас кишиге иззет көрсетиў халқымызға тән пазыйлетлерден екенлиги ҳәм бул дәстүрди әўладтан-әўладқа даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, ушырасыўда турмысымызда үлкен тәжирийбе мектебин жаратып үлгерген нураныйларымыздың ɵмир жолы, мол турмыс тәжирийбеси бүгинги әўладқа ɵрнек болатуғынлығын айрықша атап ɵтти.

Ушырасыў Наманган ўәлаяты мәденият тараўы хызметкерлериниң Жаңа жыл байрамына арналған  йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Буннан соң, Наманган ўалаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 250 шаңараққа азық-аўқатлық өнимлер берилди.

Сондай-ақ, наманганлы мийманлар райондағы бир қатар инвестициялық жойбарлар менен де танысты.

Атап айтқанда, олар Наманган ўәлаяты тәрепинен Есим МПЖ аймағынан ири «Юксак саноат металл», Насос ҳәм электро-двигательлер ислеп шығарыўшы «Nam motor servis» ЖШЖ ҳәм «Бостер текстиль» кәрханаларының жаңа жойбарларының жумысларын көзден өткерип, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды. Бул жойбарлардың иске түсиўи менен аймақта 300 ге шамалас жумыс орынларының ашылыўы режелестирилмекте.

Соның менен бирге, Наманган ўәлаяты ҳәкими басшылығындағы делегация ағзалары Қараөзек районы «Есим» МПЖ аймағында жаңадан қурылған «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги 19-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебине барып, жас әўлад ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты ҳәм балаларға ўәлаят ҳәкимлигиниң саўғаларын тапсырды.

Буннан кейин районлық медицина бирлеспесиниң балалар бөлиминде емленип атырған наўқас балалардың жағдайынан да хабар алды ҳәм олардың ҳал-жағдайы менен танысып, байрам саўғаларын тапсырды.

-Бүгин Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкат Абдураззоқов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фархад Эрманов, район ҳәкими Анвар Баймуратовлар емлеўханамызға келип, балаларға жаңа жыл саўғаларын тапсырып, олардың қуўанышына шерик болды. Бундай итибар ҳәм ғамқорлық ушын оларға терең миннетдаршылық билдиремен,-дейди районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Әлий Тоқсанбаев. Соңынан делегация ағзалары қараөзекли жаслар менен ушырасып, оларды елимизге кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Илажда мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланыўы кереклиги атап өтилип, белсенди жасларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги