Усы жыл 22-25-декабрь күнлери Қазақстанның Ақтаў қаласында «Made in Uzbekistan» ярмаркасы болып өтпекте.

Илаж мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын көрсетиў, халықты арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан исбилерменлери арасында жаңа исбилерменлик байланысларын орнатыўға жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Төрт күн даўамында ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Самарқанд, Әндижан, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласынан 50 ден аслам кәрханалардың өнимлери көрсетиледи. Мийманлар азық-аўқат, тоқымашылық, өнерментшилик, былғары, электротехника ҳәм қурылыс санаатының жоқары сапалы өнимлерин сатып алыў имканиятына ийе болады.

― Соңғы жылларда қоңсылас Қазақстан Республикасы менен бирге ислесиў жақсы жолға қойылып, саўда қатнасықлары беккемленип, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте орынларда көргизбелер, ушырасыўлар ҳәм көшпели семинарлар шөлкемлестирип, бул өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығының гүўасы болып атырмыз,-дейди Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков. – Бул нәрсе исбилерменлер, фермерлер ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер арасында байланысларды беккемлеўге түртки бермекте.

Илаж даўамында еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барылып, бирге ислесиўлерди еле де кеңейтиў бағдарында келисимлер дүзилмекте.

Әлбетте, «Made in Uzbekistan» ярмаркасы миллий өнимлерди ғалаба ен жайдырыў, бәсекиге шыдамлылығын көрсетиў, қазақстанлы бирге ислесиўшилер менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги