Соӊғы жыллары Өзбекстан көплеген тараўлар қатарында туризм бағдарында да дүньяда өзиниӊ орны ҳәм абырайын беккемлеп бармақта. Мәмлекетимиздиӊ бай тарыйхый мийрасы, бийтәкирар мәдений байлықлары ҳәм дүньяға белгили қалалары көплеген сырт елли туристлер ушын өзине тартымлы мәнзилге айланды.

2024-жылдыӊ январь-ноябрь айларында 7,3 миллионнан артық сырт ел пуқаралары туристлик мақсетлерде елимизге келген. Бул көрсеткиш өткен жылдыӊ сәйкес дәўири менен салыстырғанда 1,15 миллионға яки 18,8% ке көбейген, делинеди Туризм комитети мағлыўматында.

Туристлер ағымыныӊ тийкарғы бөлегин Қырғызстан ҳәм Тәжикстан пуқаралары қурады. Бул мәмлекетлердиӊ ҳәр биринен 2,1 миллион адам мәмлекетимизге туристлик мақсетлерде келген. Кейинги орынларда Қазақстан ҳәм Россия –  сәйкес түрде 1,4 миллион ҳәм 741, 2мыӊ адам менен атап өтилди.

Буннан тысқары, топ-10 лыққа Түркменстан (171,2 мыӊ), Түркия (108 мыӊ), Қытай (66,6 мыӊ), Ҳиндстан (63,4 мыӊ), Қубла Корея (39,1 мыӊ), Аўғанстан (38 мыӊ) ҳәм басқа мәмлекетлер (428,8 мыӊ) киреди.

ӨзА