Нөкис қаласындағы Президент мектеби халықаралық CIS шөлкеминиң аккредитациясынан табыслы өтип, оның рәсмий ағзасына айланды.
Енди халықаралық мектеп статусына ийе болды.
CIS шөлкемине кеминде 20 жыллық тәжирийбеге ийе мектеплер ағзалыққа тапсырады. Дүнья жүзи бойынша 50, 80, 100 жыллық тарийхы бар мектеплер усы шөлкемге ағза болып есапланады.
-Бизлер усы шөлкемге ағза болыўға ҳәрекет еттик ҳәм 2 жыллық үйрениўлерден соң, өз мақсетимизге еристик. Бул табыс аңсатлық пенен қолға киргизилмеди. Сонлықтан пүткил елимизди бул тарийхый ўақыя менен қутлықлайман,-дейди Президент мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Ҳүрлихан Абдижаббарова.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы Президент мектеби UZ-403-санлы Кембридж халықаралық мектеби де есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги