Президент Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни газ қазып алыўдың ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

“Өзбекнефтьгаз” акцтонерлик жәмийети баслығы быйылғы жылда орынланған жумыслар ҳәм 2025-жылғы тийкарғы  ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, тараўда  сырт ел компаниялары менен биргеликте жумыс алып барылмақта. Олардың қатнасыўында  келеси жылы газ қазып шығарыў көлемин турақластырыў жойбарлары қәлиплестирилди. Атап айтқанда, заманагөй технологиялар тартылып, жаңа эксплуатация қудықлары бурғыланады ҳәм ескилери оңланады.

Тармақтағы тийкарғы машқала геология-илеў жумысларына узақ жыллар жетерли итибар қаратылмағына болып есапланады. Ақыбетинде айырым кәнлер пайдаланыў мүддетин дерлик өтеп болған, және айырымларының нәтийжелилиги  төмен. Соның ушын заманагөй технология алып келинип, 15 жаңа перспективалы майданда геология-излеў жумыслары басланады. Сейсмикалық излеў аймағы 6,5 мың квадрат километрге кеңейтиледи.

Жуўапкерлерге ири сырт елли компаниялар ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда, геологияны раўажландырыў ҳәм жаңа кәнлерди өзлестириў бойынша 2025-жыл ушын бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

“Өзбекнефтьгаз”да трансформацияны даўам еттирип, өзине түсер баҳаны азайтыў, халықаралық кредит рейтингин жақсылаў ўазыйпа етип  алынған. Соның ишинде, келеси жылы өндирис ҳәм геология-излеў  жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық дәреклерден қаржы тартылыўы мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда инвестициялар, жаңа технологиялар менен бирге кадрлар мәселеси әҳмийетли екенин атап өтти. Оқытыўдың сапасын арттырып, заманагөй қәнигелер таярлаў, сырт елде ислеп атырған тәжирийбели ўатанласларымызды мирәт етиў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА