Планетамыздағы ең үлкен муз бөлеги (iceberg) «А23а» Антарктидада үлкен ийиримнен шығып, ҳәрекетлене баслады. «BBC»диң жазыўынша, бул үлкен муз бөлеги арқаға қарап жылысып атыр.
– «А23а» және ҳәрекетленип атырғанын көриў мүмкин, – дейди Британия Антарктика изертлеўи (BAS) океанографы Эндрю Мерс. – Биз оның Антарктидадан үзилип қалған басқа үлкен айсберглер менен бир түрдеги бағдар бойлап киятырғанын билиўге қызығамыз ҳәм бул жағдай жергиликли экосистемаға қандай тәсир ететуғыны әҳмийетли.
Бул үлкен муз бөлеги Лондоннан еки есе үлкен ҳәм салмағы дерлик 1 триллион тоннаны қурайды. Оның сыртқы майданы шама менен 4 мың квадрат километрди қурайды ҳәм оның қалынлығы шама менен 400 метр әтирапында.
Г.Сатторова, ӨзА