Албанияның Тирана қаласында Ислам тилеклеслиги спорт ассоциациясы (ISSA)ның 13-Бас ассамблеясы өткерилди.
Жәҳән спортының ең абырайлы спорт шөлкемлериниң бири есапланған ISSA мәжилисиниң Халықаралық гүрес ассоциациясы Президенти Ҳайдар Фармон да қатнасып, ISSA Президенти шахзада Абдулазиз Бин Турки Ал-Файсал ҳәм Бас хаткер мырза Насир Мажали менен сөйлесиўлер өткерди.
Сөйлесиўлерде ISSA Президенти Кураш ислам қәдириятларына сай кеңпейил спорт түри екенлиги атап өтилди ҳәм ол Ислам тилеклеслиги ойынларының бир бөлегине айланғанын жәриялады.
2025-жылы Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында болып өтетуғын Ислам тилеклеслиги ойынларында Кураш бойынша рәсмий беллесиўлер өткериледи. Ушырасыў даўамында Ислам халықлары арасында гүрести және де раўажландырыў, тәлим ҳәм үгит-нәсият бағдарларында бир қатар ўазыйпаларды орынлаў сыяқлы миннетлемелер келисип алынды.
Бул процесстиң бир бөлеги сыпатында тез арада IKA техникалық директоры ISSA Техникалық департаменти менен биргеликте жарыс ушын салмақ категориялары ҳәм басқа техникалық тәреплерин жуўмақлаў бойынша ушырасыўлар белгиленди.
2025-жылғы Ислам тилеклеслиги ойынлары Саудия Арабстаны Патшалығы тәрепинен өткериледи ҳәм бул қарар пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен табыс болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги