Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 25-октябрьдеги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша жәрдем ҳаққында»ғы 656-санлы қарарына муўапық жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған турақ жайға мүтәж болған балаларға бериледи.
Бүгинги күнде Республикамызда жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын 2021-жылы 33, 2022-жылы 115 ҳәм 2023-жылы 47 жәми 195 турақ жай мәмлекетимиз тәрепинен балаларға саўға шәртнамасы тийкарында берилди. Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында усы жылы 71 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар турақ жай менен тәмийинленди.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында 2024-жылы 11 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға турақ жайлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги