Футзал федерациясы шөлкемлестириледи

146

Өзбекстан футбол ассоциациясы мәмлекетимизде өз алдына футзал федерациясын дүзиў, 2025-жылдан бул бағдарда етилиўи керек болған жумыслар мазмуны бойынша жуўмақлаўшы қарарға келди.

Дәслеп профессионал ҳәм ҳәўескерлер арасында футзалды аўызбиршиликте раўажландырыў, сол тийкарда мәмлекет командаларын қәлиплестириў, чемпионат ойынларында бәсекени күшейтиў, клублар дәрежесин арттырыў кереклиги белгиленди.

ӨФА Атқарыўшы комитетиниң жақында өткен мәжилисинде мәмлекет футзалы ҳәм жаға(суў) футболы ушын жуўапкер айырықша шөлкем (федерация) дүзиў мәселеси күн тәртибине алып шығылды.

Усы күнлерде Өзбекстан футбол ассоциациясында тийисли тәртипте футзал федерациясын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизиминен өткериў менен байланыслы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги