Темир жолда жолаўшыларға жол даўамында чай, ишимлик суўы, қумшекер бийпул бериледи
268

«Темир жол транспорты тараўында мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын ҳәм базар принциплери тийкарында көрсетилетуғын хызметлер дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Оған бола, төмендегилер тастыйықланды:
— Темир жол транспорты тараўында мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын хызметлер дизими;
— Темир жол транспорты тараўында базар принциплери тийкарында көрсетилетуғын хызметлер дизими;
— Темир жол транспорты тараўында пайдаланыўшыларға бийпул көрсетилетуғын хызметлер дизими.
Онда пайдаланыўшыларға арбаша, ана ҳәм бала ханасынан пайдаланыў, күтиў залында Wi-Fi, майыплар ушын арбашалар, жол даўамында чай, ишимлик суўы, қумшекер бийпул бериледи.
ӨзА