Прокуратура уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 14-июньдағы «Энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша жанар май-энергия ресурларының талан-тараж етилиўин анықлаў, төлем тәртибине әмел етилиўин, тутыныўшыларға жаңа түрдеги есаплағышларды орнатыў, ең тийкарғысы энергия ресурсларын үнемлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң басшылығында гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў ҳәм энергия ресурсларының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, оларды сапластырыў бойынша республика штабы ҳәм аймақлық жумысшы топарлар ҳәм тараўға жуўапкер уйымлардың басшылары қатнасыўында гезектеги мәжилис болып өтти.
Илажда социаллық тараў объектлериниң мәўсимге таяр екенлиги, халыққа ҳәм социаллық объектлерге көмир жеткерип бериўдеги машқалалар сын көзқарастан додаланды. Энергия ресурсларынан нызамсыз түрде пайдаланыў жағдайларын өз ўақтында анықлаў, олардың алдын алыў жумысларын күшейтиў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.
ӨзА