Усы күнлерде Қубла Кореяныӊ Сеул қаласында Орайлық Азиядағы жергиликли ҳәкимият ўәкиллери ушын аз углеродлы раўажландырыў бойынша халықаралық әнжуман болып өтпекте. Онда Бизнес-омбудсман орынбасары Жамшид Урунов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнаспақта.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында Қубла Корея менен бирге ислесиўди жедел раўажландырмақта. Атап айтқанда, еки мәмлекет арасында қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў, энергияныӊ нәтийжелилигин аттырыў, «жасыл» технологиялар тийкарында қалаларды раўажландырыў ҳәм климат өзгериўиге қарсы гүресиў сыяқлы бағдарларда бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.
Бизнес-омбудсман баспасөз хызметиниӊ хабарында атап өтилиўинше, әнжуман шеӊберинде Сеул қаласыныӊ климат өзгериўине қарсы гүресиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў бағдарындағы тәжирийбеси үйренилмекте. Сондай-ақ, қалаларды «жасыл» технологиялар тийкарында раўажландырыў, турақлы транспорт системаларын жаратыў, шығындыларды қайта ислеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери додаланды.
Қатнасыўшылар Сеул қаласындағы «жасыл» технологияларды қолланған ҳалда қурылған имаратлар, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўшы кәрхана ҳәм экологиялық таза транспорт системалары менен таныспақта. Бул әнжуман Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы «жасыл» экономика жолындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге, тәжирийбе алмасыўды кеӊейтиўге ҳәм жаӊа жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди. Мәмлекетимиз «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында Қубла Корея сыяқлы раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислесиўди және де кеӊейтпекте.
Гулноза Бобоева, ӨзА