Энергетика министрлиги электромобильлерди зарядлаў станцияларын тармақтан үзиў бойынша тапсырма бермеген.

Бүгин бир қатар социаллық тармақлар ҳәм мәлимлеме сайтларында электромобильлерди қуўатлаў станциялары ҳеш қандай ҳуқықый тийкар көрсетилмеген ҳалда өширип қойылып атырғаны ҳаққында хабар тарқалды. Айтылыўынша, қуўатлаў станцияларын электрден үзиў бойынша министрлик тапсырма берген.

«Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги бул хабар ҳақыйқатлыққа туўра келмейтуғынын мәлим етеди. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде генерация, яғный электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша ҳеш қандай машқала жоқ. Ислеп шығарылып атырған электр энергиясы болса өз мүтәжлигимизди толық қаплаўға жетеди.

Энергетика министрлиги қуўатлаў станцияларын тармақтан үзиў бойынша тапсырма бермеген», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги