Халықаралық қылышласыў федерациясы админстрациясы Гулнора Тулкуновна Саидованы Халықаралық қылышласыў федерациясы Бас хаткери лаўазымына тайынлады.
Бул әҳмийетли ўақыя Өзбекстан ушын да, дүнья көлеминде де тарийхый әҳмийетке ийе болды, себеби FIE тарийхында биринши мәрте Бас хаткер лаўазымына ҳаял адам тайынланды.
Еслетип өтемиз, әйне ўақытта Гулнора Саида Өзбекстан қылышласыў федерациясы бас хаткери, сондай-ақ Азия қылышласыў Конфедерациясы атқарыўшы хаткери, Орайлық Азия қылышласыў Конфедерациясы президенти лаўазымларында жумыс алып барады.
Ол 1992-жылы Өзбекстан Мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт институтын тамамлаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги