Мәмлекетлик салық хызмети Өзбекстанның ең үлкен салық төлеўшилери рейтинги (топ-20)н жәриялады.
Мағлыўматқа бола, 2024-жылдың январь-ноябрь айларында 949 үлкен салық төлеўши 101,6 трлн сумнан аслам салық төлеген.
Соннан:
54 трлн сумы мәмлекетлик үлеси бар топ-10 үлкен салық төлеўши есабынан;
7,8 трлн сумнан көбиреги жеке меншик сектордағы топ-10 үлкен салық төлеўши есабынан туўра келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги