Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги «WAM» өз бетлеринде Өзбекстандағы энергетика ҳәм қайта тикленетуғын энрегетика жойбарлары ҳаққында мақала жәриялады.

Мақалада Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мрзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери санаат ҳәм алдыңғы технологиялар министри Султан Аҳмад Ал-Жобир  энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Муҳаммад Ал-Мазруийден ибарат делегация менен ушырасыўында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм инвестициялық шериклик жойбарларын алға қойыў  мәселелери көрип шығылғаны толық сәўлелендирилген.

Автор Өзбекстан –БАӘ арасындағы көп тәреплемели қатнасықлардың бүгинги жоқары дәрежеси, өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлар  саны артып атырғаны, Бирлескен Араб Әмирликлери жетекши компаниялары қатнасыўында  Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳәм перспективалы жойбарлар портфели 20 миллиард долларға жеткенин атап өткен.

Сондай-ақ, барлық дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлерди даўам еттириў ҳәм келешектеги жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилген.

                                                                                                          ӨзА