Қубла Кореяда президент Юн менен байланыслы ўақыялар Миллий ассамблея оған қарата импичмент жәриялаў усынысын қабылланғаннан кейин раўажланбақта.

Миллий ассамблея тәрепинен импичмент жәрияланғаннан кейин президент Юн Сок Ёл бул мәселе Конституциялық суд тәрепинен көрип шығылғанына шекем лаўазымынан шетлестирилди.

Конституциялық суд оның өз ўазыйпаларын орынлаўда даўам етиўи яки жоқ екени ҳаққында қарар қабыл етилиўи керек.

Бул ўақыт ишинде мәмлекет бас министри Хан Дак Су ўақытша президент ўазыйпасын орынлайды.

Ҳәзирги ўақытта Ассамблеяның Юнға қарата импичмент жәриялаў қарары судқа усынылған ҳәм қарарды додалаў процесси басланған.

Рәсмийлер бул мәселе бойынша мәжилис 16-декабрь күни өткерилиўин айтқан.

Мағлыўмат ушын, импичмент процесси менен байланыслы дәлиллерди тыңлаў ҳәм баҳалаў ушын тыңлаўларды өткеретуғын суд 6 ай мүддетте импичментти тастыйықлаў яки бийкарлаўы мүмкин. Егер судтың 9 судьясынан алтаўы қарарды мақулласа, басшы лаўазымынан шетлестириледи.

Бундай жағдайларда 60 күн ишинде жаңа президент сайланыўы керек. Бул тәртип мәмлекет басшысы отставкаға шыққан жағдайда да әмел етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги