Бас прокуратура пуқаралық суд жумысларын жүргизиўде прокурор ўәкиллигин тәмийнлеў  басқармасы жумыс ислейди.

Усы  басқарма тәрепинен 2022-2023-жыллар ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўиринде банк системасына жумысқа тиклеў менен байланыслы келиспеўшиликлер бойынша мийнет нызамшылығына әмел етилиўи жағайда талланды.

Анықланыўынша, пуқаралық ислери бойынша судларда 309 ис көрилип, соннан судлар тәрепинен 168 хызметкер тикленген.

Атап айтқанда, суд қарарлары менен банк уйымларына жумысқа тикленген шахсларға мийнет ҳақы ҳәм жеткерилген мәнаўий зыян ушын улыўма 3,4 миллиард сум өндирилиўи  белгиленген ҳәм соннан 2 миллиард сум төлеп берилген.

Усыған бола, банк системасындағы жуўапкер мәпдар шахслардан 186 миллион сум мәмлекетке жеткерилген зыянды регресс тәртибинде мәмлекеттиң пайдасына қайтарып өндириў ҳаққында прокуратура уйымлары тәрепинен пуқаралық ислери бойынша судларға  прокурорлардың 40 даўа арзасы киргизилди.

Соның менен бирге, мийнет нызамшылығының талаплары бузылғаны бойынша Орайлық банк баслығы атына усыныснама киргизилип, жуўапкерлердиң қатнасыўында додаланды.

Мийнет нызамшылығы ҳүжжетлерине толық әмел етиў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА