Усы жылдың 11-14-декабрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында спорттың самбо түри бойынша 2028-2009-жыллары туўылған қызлар арасында Азия кубоги болып өтти. 

Кескин беллесиўлер менен өткен жарыста Нөкис районы спорт мектебиниң  спортшылары қызлары жақсы нәтийжелерге ерисип,  54 кг салмақта Нурай Калилаева менен 50 кг салмақта Шахноза Балтаниязова биринши, 47 кг салмақта Айжамал Ержанова екинши, 41 кг салмақта Ферида Бердимуратова үшинши орынларды ийеледи.

Спортшыларды жарысқа тренер-оқытыўшы Исламбек Мамбетов таярлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги