Транспорт министри Илҳом Маҳкамов Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов пенен сөйлесиўлер өткерди.

Ушырасыўда тәреплер мәмлекетлеримиз арасында автотранспортта еки тәреплеме ҳәм транзит тасыўларын раўажландырыў менен байланыслы тәреплер, шегара өткериў пунктлериндеги жағдай ҳәм еки мәмлекет миллий тасыўшылары ушын бәсекиге шыдамлы тең шараятлар жаратыў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, Қазақстан тәрепиниң тасыў ҳәм порт хызметлери ушын бәсекиге шыдамлы тарифлерди қәлиплестириў есабынан Ақтаў ҳәм Қурық портлары арқалы жүк тасыўларын раўажландырыў имканиятлары бойынша пикир алысылды.

Соның менен бирге тәреплер «Үшқудық-Қызылорда» ҳәм «Дарбаза-Мақтаарал» темир жолларын қурыў бойынша биргеликтеге жойбарларды әмелге асырыўды додалады.

Ш.Маматуропова, ӨзА