Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2023-жыл Самарқанд қаласында болып өткен UNWTO Бас Ассамблеясының 25-сессиясында Глобаллық қәўипсиз туризм кодексин қабыллаў басламасы алға қойылған еди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Глобаллық қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси болып өтти. Елиў мәмлекет ҳәм БМШ Туризм шөлкеми ўәкиллери қатнасқан илажда Өзбекстан басшылығы ҳаққында қарар бир аўыздан қабыл етилди.
Мәжилистиң тийкарғы мақсети туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм туризм тараўын халықаралық көлемде турақлы раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет ететуғын кодексти ислеп шығыўды додалаўдан ибарат.
Қатнасыўшылар мәмлекетлерге саяхат қәўипсизлиги менен байланыслы жаңа қәўип-қәтерлерге бейимлесиў имканиятын беретуғын бирден-бир стандартты жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
ӨзА