Салық комитетиниң мәлим етиўинше, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген пуқараларға 12 процент кешбэк бериледи.
Мәмлекет тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәжлерге айрықша итибар бериледи ҳәм «Салық» мобил қосымшасы арқалы социаллық кешбэк алыў ҳуқықы берилген. Демек, социаллық кешбэк алыў ушын «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген физикалық тәреплер усақлап сатыў саўда объектлеринен товарларды сатып алғанда сатып алыў сумассынан 1 процент муғдардағы кешбэк орнына, 12 процент ҚҚС суммасын қайтарып алыўы мүмкин.
Быйылғы жылдан дизимге және 4 түрдеги өнимлер қосылды. Бүгинги күнде ҚҚС қайтарылатуғын өнимлер дизимине қойдың гөши, қустың гөши, малдың гөши, мәйек, өсимлик майы, ун, қумшекер, дәри-дәрмақлар, медициналық хызметлер киреди.
ҚҚС суммасын қайтарыў ушын «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген тутыныўшы «Салық» қосымшасын жүклеп алып, Face ID жәрдеминде дизимнен өтеди ҳәм қосымшада сатып алынған чегиниң QR–кодин сканерлеўи керек. «Социаллық кешбэк»ти «Кешбэк ҳәм жеңилликлер» бөлиминде бақлап барыў мүмкин.
ҚҚС қайтарыўда төмендегилер есапқа алынады: сатып алынған товар ҚҚС қайтарылатуғын өнимлер дизимине киргизилгени, тутыныўшы «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген, исбилерменлер ҚҚС төлеўшиси сыпатында дизимнен өткени.
ҚҚС суммасын чек дизимнен өткерилген айдан кейинги айдың 25-сәнесинен соң «Салық» мобил қосымшасы арқалы қайтарып алыў мүмкин.
Ш.Маматуропова, ӨзА