1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам менен қызғын қутлықлады.
Онда атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезим ҳәм түсиниклерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерде желбиретиў – ҳəр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслардың әмелге асырылыўына тийкар болмақта.
Илажда мине, усындай елимиз абаданлығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.
Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги