Гендер теңлиги ҳәм басқарыў индекси (ГEГИ) бес тийкарғы тараўда гендер теңсизликти баҳалап келмекте.

Басқарыў, билимлендириў, МТ, мийнет, исбилерменлик ҳәм зорлықтың алдын алыў тараўларында ерисилген унамлы нәтийжелерге бола Өзбекстан 103-орыннан 52-орынға көтерилди.

Бул индекс 158 мәмлекетти қамтып алып, гендер теңликке ерисиў жолындағы табыслар ҳәм кемшиликлерди анықлаў имканиятын береди, делинеди Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги мағлыўматында. Өзбекстанның усы халықаралық рейтингте жоқары орынға көтерилиўинде төмендегилер тийкарғы фактор сыпатында атап өтилген.

Бәринен бурын билимлендириў тең имканиятлар жаратыў: онда онлайн билимлендириў платформалары арқалы аўыл ҳәм шетки аймақлардағы қызларға заманагөй билим алыў имканияты жаратылды. Бир миллион өзбек программистлериниң жойбары ҳәм басқа жойбарлар қызлардың МТ тараўында билим алыўына жәрдем бермекте.

Ҳаял-қызларды экономикалық жақтан беккемлеў: бул бағдарда электрон коммерция ҳәм фрилансинг платформалары ҳаял-қызларға жаңа жумыс имканиятларын ашпақта. Ҳаял-қызлар ушын онллайн исбилерменлик тренинглери шөлкемлестирилмекте.

Гендер зорлыққа қарсы гүресиўде технологиялар: бул бағдарда арнаўлы қосымшалар ҳәм жыллы линиялар ҳаял-қызларға зорлықтан қорғаў бойынша жәрдем көрсетпекте.

Гендер мағлыўматларының ашықлығы: бул бағдарда Өзбекстанның ашық мағлыўматлар порталы гендер теңсизлик бойынша статистикалық мағлыўматлардың ашықлығын тәмийинлеп, Open data watch рейтингинде жоқары орынларды ийелеўге жәрдем берди.

Ҳаял-қызлардың МТ ҳәм STEM тараўларында жеделлигин арттырыў: онда МТ Парк ҳәм басқа басламалар ҳаял-қызларды МТ ҳәм STEM тараўларына тартыў ушын кең имканиятлар жаратпақта.

Технология гендер теңлигин тәмийинлеўде қүдиретли қурал болып, Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги орнын беккемлеўде шешиўши әҳмийетке ийе.

Әсиресе, ҳаял-қызлардың МТ тараўындағы қатнасыўын күшейтиў мәмлекеттиң стратегиялық мақсетлери қатарына киреди.

М.ҲОЖИАКБАРОВА, ӨзА