ӨзЛиДеПтен Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Р.Юлдашева өзи сайланған аймақ райондағы А.Темур МПЖда өз сайлаўшыларының машқалаларын үйрениў мақсетинде үйме-үй жүрип мүрәжатлерин тыңлады.
Машқалаларды үйрениў процесинде Беруний көшесинде жалғыз жасаўшы пенсионер ҳаял Қ.Бабажанованың есиги алдындағы ишимлик суўы қубыры жарылып кеткенлиги ҳәм усы көшениң 124-жайында жасаўшы пуқаралар ишимлик суўсыз қалғанлығы, суў тәмийнаты кәрханасына бир неше мәрте мүрәжат етилгени анықланды.
Бул бойынша “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ Беруний районлық бөлиминиң баслығына қоңыраў етилди ҳәм машқала өз орнында шешимин таўып, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен ишимлик суўы қубыры оңлап берилди. Беруний көшеси 118-жайда жасаўшы тағы бир пуқара, 1-топар майыбы Н.Саидова бүйрек жетиспеўшилиги кесели менен аўырғанлығы ҳәм районлық медицина бирлеспеси тәрепинен берилген бийпул ордер арқалы 6-июльде Ташкент қаласында операция жолы менен бир бүйреги алмастырылғаны, ордер бийпул болғаны менен дәри-дәрмаққа оғада көп қаржы жумсалып, қарызға батып кеткенлиги, өмирлик жолдасы донор ретинде бир бүйрегин бергенлиги себепли ол да ҳәзирги ўақытта жумысқа жарамсыз екенлигин айтып материаллық жәрдем сорады. Бул мүрәжат тийисли шөлкемлерге жиберилди. Сондай-ақ, Беруний көшеси 126-жайда жасаўшы, 1949-жылы туўылған, 2-топар майыбы, жалғыз жасаўшы ҳаял Р.Каримованың жағдайынан да хабар алынды. Бул пуқараның жалғыз өзи жасайтуғыны, мәҳәлле хызметкерлери оның жағдайынан тез-тез хабар алып, азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп турылғаны анықланды.
Бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги