Сингапурда шахмат тажы ушын чемпионлық ойыны болып өтти.

Бул беллесиўде ҳиндстанлы Гукеш Доммаражу қара тасларда әмелдеги жәҳән чемпионы қытайлы Дин Лиженди жеңип, партиядағы есапты 7,5 : 6,5 көринисине алып келди ҳәм ойын тәғдирин өз пайдасына шешиўге миясар болды.

Бул жеңиси арқалы 18 жастағы ҳиндстанлы Гукеш Доммаражу 1985-жылы 22 жасында чемпион болған Гарри Каспаровтың рекордын жаңалаўға еристи.

Гукеш 18-жәҳән чемпионы болып есапланады. Оннан бурын ҳиндстанлылар арасында Вишванатан Ананд  чемпион болған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы