2024-жылдың өткен 11 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен 45 мың 407 турақ жайға ҳәм 2800 турақ жай емес объектлерге мүлк ҳуқықын бериўши кадастр паспорты таярлап берилген. Қосымша етилиўинше, 11 ай даўамында Қарақалпақстандағы 54 мың 353 турақ жайға болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

2024-жыл – Мәмлекетлик кадастрлар палатасында «Архив ҳүжжетлерин тәртип бойынша санластырыў ҳәм олардың есабын дурыс жүргизиўди жолға қойыў жылы», деп жәрияланыўы мүнәсибети менен бүгинги күнде республикамыз бойынша сақлаўда турған жәми 462 мың 812 кадастр ҳүжжетлеринен 110 мыңнан асламы жаңа тәртип бойынша санластырылып, тәртипке салынбақта.

– Кадастр ҳүжжетлерин зыянсыз қайта хатлаўдан өткериў ҳәм тәртиплестириў жумыслары Әмиўдарья, Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жуўмақланды,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаев.

Үлги сыпатында танлап алынған Әмиўдәрья районы филиалы архиви керекли заманагөй мобиль стеллажлар, сенсор датчиклер, темир есик ҳәм басқа да зәрүрли техникалар менен үскенеленди.

Сондай-ақ, Нөкис қаласы филиалына да заманагөй мобиль стеллажлар орнатылды. Бул стеллажлар ҳүжжетлерди зыянсыз сақлап, оларды сақлаўды көбейтиўге, орынларын әпиўайы стеллажларға салыстырғанда бир қанша үнемлеўге мүмкиншилик береди.

11 ай ишинде исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша, жәми 6837  жер участкаcы бағдарламаға киргизилген.

Соннан, 2348 жер майданы 102,27 гектарлық жер участкасы “E-auksion” саўда майданшасында сатыўға қойылып, 257 жер участкасы реализацияланды. 1892 си тийисли шөлкемлер тәрепинен бийкар етилген, 2340 ы  комиссия тәрепинен көрип шығылмақта, ал 189 зы жеңимпаз ретинде дизимге алынған.

Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў бойынша, жәми 4222 жер участкасы бағдарламаға киргизилген.

Соннан, 1634 и аукционда сатыўға шығарылған, 949 жер участкасы “E-auksion” да реализацияланған.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги