Қурама Штатлар Конгресси ўәкиллер палатасының ағзалары 2025-жыл ушын (1-октябрьден басланған) қорғаныў бюджети жойбарын 884 миллиард доллар муғдарында мақуллады. Даўыс бериў процесси «C-Span» телеканалы арқалы тиккелей эфирде көрсетилди.

Ҳүжжет Ҳинд-Тыныш океаны регионында АҚШтың абырайын күшейтиў, әскерлердиң айлықларын көбейтиў, жети жаңа кеме қурыў ҳәм мәмлекеттиң қорғаныў санааты базасын беккемлеў бойынша илажларды өз ишине алады.

Ўәкиллер палатасы спикери Майк Жонсонның атап өтиўинше, бюджет қаржылары Американың пүткил дүнья бойлап мәплерин қорғаўдағы тийкарғы миссиясына айланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги