Кеше, 11-декабрь күни Швейцарияның Цюрих қаласында Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА)ның гезексиз конгресси болып өтти. Онда шөлкемге ағза жәми 211 ассоциация жыйналған.

Шөлкем конгрессинде 2030-жылғы мундиал бир ўақыттың өзинде алты мәмлекет – Марокко, Испания, Португалия, Аргентина, Уругвай ҳәм Парагвайда өтиўи белгиленди.

Бул жарыстың тек биринши үш ойыны Уругвай, Аргентина ҳәм Парагвайда болып өтеди. Қалған барлық ойынлар Марокко, Португалия ҳәм Испанияда өткериледи.

Тийкарынан, 2030-жылы жәҳән бириншилигин ҳақыйқый өткериўшилери Марокко, Португалия ҳәм Испания. Аргентина, Уругвай ҳәм Парагвайдағы ойынлар футбол бойынша Жәҳән чемпионатлары өткерилип басланғанына 100 жыл толыўы менен шөлкемлестириледи.

Саудия Арабстаны болса 2034-жылы Жәҳән чемпионатын өзинде өткеретуғын болды. Беллесиўлер мәмлекеттиң Ар-Риёд, Жидда, Абха, Ал-Хубар ҳәм Неом қалаларындағы 15 стадионда өткерилиўи режелестирилмекте.

Мағлыўмат ушын, алдынырақ, Австралия 2034-жылы Жәҳән чемпионатын өткериўге даўагер болған. Бирақ, соңында тийисли ҳүжжетлерди тапсырыўдан ўаз кешкен.

Еслетип өтемиз, 2026-жылы футбол бойынша Жәҳән чемпионаты АҚШ, Канада ҳәм Мексика мәмлекетлеринде болып өтеди ҳәм чемпионат сол жылдың 11-июнь – 19-июль күнлери болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги