Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша өткен 11 ай даўамында 4476 жағдайда 574,8 гектар жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланған.
– Пуқаралардың кадастр тараўы бойынша мүрәжатларын көрип шығыў, олардың унамлы шешимин табыў мақсетинде Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылды. Мүрәжатлар менен ислесиў секторы тәрепинен 2024-жылдың 11 айы даўамында 1146 мүрәжат қанатландырылды, 2265 мүрәжат бойынша түсиник жумыслары әмелге асырылды,-дейди Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов.
Жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайлары бойынша 3084 гектарда 461,1 жағдай сапластырылып, 1166 жағдай (95,1 гектар) бойынша суд уйымларына даўа арзасы киргизилди. Ал, 73 жағдай (6,6 гектар) бойынша ҳүжжетлер прокуратура уйымларына тийисли ҳүжжетлери жиберилди.
Усы жерде пуқараларымыздан жерлерден турақ жай қурылысы ҳәм басқа мақсетлерде пайдаланғанында нызамлы болыўын сорап қалар едик. Барлық ис нызамлы болса, машқала болмайды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги