Ташкентте Өзбекстан ҳәм БМШ Балалар қоры (ЮНИСЕФ) менен бирге ислесиўдиң 30  жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда қатнасқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева өсип баратырған әўлад мәплери жолында өз-ара биргеликтеги жумысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Балалардың турмыс дәрежесин жақсылаў, билимлендириў ҳәм медицина хызметинен пайдаланыў имканиятларын арттырыў, сондай-ақ, оларды зорлық ҳәм кемситиўдиң барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған көплеген жойбарлар әмелге асырылды.

ЮНИСЕФ комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын техникалық жәрдем ҳәм ресурслар көрсетиў арқалы Өзбекстанның балалар ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли роль атқарады. Бул бирге ислесиў мәмлекетимизде балалар ҳуқықлары тараўында халықаралық стандартларды алға қойыў, соның ишинле, БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын турмыста қолланыў ушын әҳмийетли фактор болды.

Өзбекстанда көп жыллардан берли жас әўладтың камал табыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Соңғы жыллары мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары избе-из раўажландырылмақта. Жас әўладты қорғаў, олардың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм бәркамал раўажланыўы ушын шараятлар жаратыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли нызамлар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

2024-жылдың ноябрь айында мәмлекетимиз басшысы «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында» ғы назамға қол қойды. Бул балалар ҳуқықларын қорғаў миллий системасын беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды. Бул ҳүжжет зорлықтың барлық түрлерин қадағалайды ҳәм оларды ислегени ушын жуўапкершилик күшейтилиўин нәзерде тутады.

Республикада инклюзив билимлендириў системасы да жедел раўажланбақта, денсаўлықты сақлаў, балаларды социаллық қорғаў ҳәм билимлендириў тараўында кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

ЮНИСЕФ пенен бирге ислесиў денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, билимлендириў сыяқлы басқа әҳмийетли бағдарларда даўам еттириледи. Ҳәр бир балаға өз имканиятын жүзеге шығарыў мүмкиншилигин беретуғын қәўипсиз, саламат ҳәм абат орталық жаратыўға айрықша итибар қаратылады.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер Өзбекстанның бала ҳуқықларын қорғаў тараўындағы халықаралық стандартларға садық екенлигинен ҳәм мәмлекетимиздиң балалар мәплери исенимли қорғалатуғын шараятлар жаратыўға умтылатуғынынан дәрек береди.

ӨзА