Италияның Падуя қаласында дүньяда биринши мәрте соғып турған жүрек көширип өткерилди.

Қалалық емлеўхана-университет басқармасы бул әмелиятты революция, деп тәрийпледи. Бундай әмелият емлеўханаларға жүрек трансплантациясы нәтийжелерин жақсылаў ҳәм қадағалаў астындағы орған тоқтап қалыўының алдын алыў имканиятын береди.

«Усылайынша жүректи орнынан алыў ҳәм көширип өткериў процесинде ишемик ҳәм реперфузиялық зыянланыўлар сапластырылады, жүрек функцияларының операциядан соң тез тиклениўи тәмийинленеди»,-делинеди хабарда.

Падуя емлеўхана-университет басқармасының мағлыўматына бола, наўқас ҳәзирги ўақытта өзин жақсы сезбекте. Оған тез арада үйине кетиўине руқсат бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги