Өзбекстан Республикасы Проезиденти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 11-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Россия Президентиниң быйылғы жылы май айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди жетекшилер тәрепинен тастыйықланған «жол картасы» тийкарында әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Күни кеше Москва қаласында өткен Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлердиң нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиўин тәмийинлеў, санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм басқа тармақларда кооперация жойбарларын жеделлестириў, Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары ҳәм исбилерменлик шөлкемлери дәрежесинде жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге қаратылған өз-ара муўапықластырылған илажлар көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Инновациялар, жасалма интеллект, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ноябрь айында Россияда Өзбекстан мәденияты күнлери шеңбериндеги илажлар табыслы өткерилди.
Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер ҳәм усы жылы декабрь айының соңында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық көриў көзқарасынан регионаллық шөлкемлердеги көп тәреплеме бирге ислесиў бойынша да пикир алысылды.
ӨзА