Президент Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарларының презентациясы менен танысты.
Заман раўажланған сайын адамлардың талғамы да, талабы да өсип бармақта. Соған жараса жаңа қурылысларға, мүнәсип шараятларға талап пайда болмақта.
Ташкент қаласындағы Юнусабад дийқан базары бәрқулла адамлар менен толы, кеңейиўге болса орын жоқ. Және бир машқала – тығылыслық. Соның ушын оны заманагөй концепция тийкарында «өсириў», саўда орынларын ҳәм қолайлықларды көбейтиў режелестирилген. Жойбарға бола, бәринен бурын, негиз сақлап қалынып, ҳәзиргисиниң орнында үш қабатлы экобазар қурылады. Оның жанында қосымша саўда орайы ҳәм зергерлик үйи қурылады. Ең әҳмийетлиси, бул имаратлардың жер асты бөлеги мыңнан артық автомобиль сыятуғын автомобильлер турыў орны болады. Жәми 4-5 мың жумыс орны ашылады.
Жуўапкерлерге усылар себепли базардың жумысын тоқтатып қоймаў, қурылысты басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша көрсетпе берилди.
Кейинги жойбарлар дем алыў бағларын абаданластырыў ҳәм жаңаларын қурыўға байланыслы. Пайтахтымыздағы Абдулла Қадирий бағы абаданластырылады. Рельефтен дурыс пайдаланып, жасыл аймақлар көбейтиледи. Сейил ҳәм тамаша орынлары, фонтанлар, жаңа планетарий қурылады. Туристлерди тартыў ушын гастро-хол шөлкемлестириледи. Бул Чарсу базары, улыўма, ески қала менен және де үйлесикли болады.
Мәмлекетимиз басшысы бағда шараятларды жақсылаў ҳәм дәстүрлерди сәўлелендириў зәрүрлигин атап өтти.
– Бул режелер жақсы. Тек ғана миллий руўх қосыў керек. Бул жерде қаланың тарийхы, халқымыздың дәстүрлери сәўлеленсин. Ҳәр бир жас категориясындағы адам бағда өз орнын таба алсын, – деди Шавкат Мирзиёев.
«Дослық» бағы да жаңаланып, халықты өзине тартатуғын орынға айландырылады. Сейил жоллары, суў бассейнлери, дем алыў орынлары оңланып, орынлықлар орнатылады. Шаңарақлық кеўилашар орын ҳәм балалар дөретиўшилик орайы шөлкемлестириледи. Жаслар ущын скейт майданшасы, тереклер менен үйлесикли түрде авиарий ҳәм тамаша карусели қурылады.
Бизге белгили, бул жерде Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети жайласқан. Оның артындағы майданда елимиздеги миллий мәденият орайларының павильонларын қурыў режелестирилген. Олар ҳәр бир миллеттиң үйи түринде болып, өзине тән мәденият ҳәм дәстүрлерди сәўлелендиреди. Бул аймақ «Дослық» бағы менен сәйкеслилик пайда етеди.
Президентимиздиң басламасы менен 2019-жылы Ташкент қаласында «Наўрыз» бағы қурылған еди. Ҳәзирги күнде ол қала орайындағы абат ҳәм адамлар менен толы орынлардан бири. Келиўшилерге шараятларды және де кеңейтиў мақсетинде бул жерде мийманхана, жабық спорт майданшасы, ресторан, конференция залын қурыў нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетимизде аймақларды комплексли раўажландырыў шеңберинде барлық орынларда жаңа жерлер, парклер, кеўилашар орынлар қурылмақта. Соның ишинде, Нурафшан ҳәм Наманган қалаларында да «Жаңа Өзбекстан» бағлары қурылған. Гезектеги жойбарлар олардан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мийманларды көбирек тартыўға қаратылған.
Буның ушын Нурафшан ҳәм Намангандағы «Жаңа Өзбекстан» бағларының жанында туризм орайлары шөлкемлестириледи. Оларда Шығыс базары, өнерментшилик орынлары, амфитеатр, фонтан ҳәм басқа қурылмалар болады. Тереклер егилип, жасыл аймақ кеңейтиледи.
Мәмлекетмиз басшысы жойбарларды сапалы етиў, бағларда халық ҳәм туристлер ушын қолайлы шараятларды жаратыў бойынша көрсетпелерди берди.
ӨзА