«Қаршы мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Қаршы инженерлик-экономика институты, Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институты, Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Қаршы филиалы ҳәм Ташкент химия-технология институтының Шаҳрисабз филиалы негизинде Қаршы мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.
Инженерлик, геология, өндирис, қурылыс, транспорт, энергетика, мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў, хызмет көрсетиў, ирригация системалары ҳәм агротехнологиялар тараўлары бойынша кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
2025-2026-оқыў жылынан:
– қайта тиклениўши энергия дәреклери, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм қоршаған орталық инженерлиги бағдарларында кадрлар таярлаў салмағы арттырылады;
– студентлердиң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи;
– Билимлендириў хызметлери орайы шөлкемлестирилип, студентлерге оқыў даўамында пайда болатуғын шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый мәселелер бойынша барлық зәрүр хызметлердиң «бир айна» принципи тийкарында көрсетилиўи жолға қойылады;
– қәбилетли студентлер ушын сабақлар шет тиллеринде оқытылатуғын өз алдына топарлар шөлкемлестириледи.
Жоқарыдағы ЖБМларда оқып атырған барлық студентлер оқыўын Университетте даўам еттиреди ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан питкериўши курс студентлерине Университет дипломы бериледи.
ӨзА