Ашхабад қаласында «Мақтымқулы Пырағый» тарийхый көркем фильми ушын усы көркем картинаның бас режиссёры Музаффархон Эркинов ҳәм бас рольди  атқарған Аҳмед Амантурдиевке Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳаммедовтың қарары менен тастыйықланған «Мақтымқулы Пырағый» медалы  тапсырылды.

Бул көркем фильм атақлы шайыр Мақтымқулы Пырағыйдың өмири, дөретиўшилиги ҳаққында сөз етиўи менен әҳмийетли екенин атап өтиў зәрүр.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағыйдың туўылған күниниң 300 жыллығы кеңнен белгиленди. Шайырдың дөретиўшилигине бағышланған әдебий әнжуманлар, кешелер, көркем көргизбелер, дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилди. Жаңа сахна ҳәм экран шығармалары жаратылды. Шайыр гәзеллерине жазылған қосықлар ең сайланды ҳәм жүрекке жақын музыкалы шығармалар сыяқлы халқымыз жүрегинен орын алған.

Жақын күнлерде «Мақтымқулы Пырағый» тарийхый фильминиң презентациясы Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында өткерилетуғыны режелестирилгенин мағлыўмат орнында атап өтиў керек.

Н.Усмонова, ӨзА