Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң шөлкемлестириўи менен Дәўир мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектепте  «Зорлыққа қарсы 16 күн» акциясы шеңберинде район ҳаял-қызлары менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў барысында район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳаял-қызлардың шаңарақта, жәмийетте тутқан орны ҳәм олардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул бағдарда елимизде алып барылып атырған жумыслар туўралы кең түрде айтып өтилди.

Сондай-ақ, район аймағында жасаўшы ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилип, оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди ҳәм өзлериниң талапшаңлығы менен көпке өрнек болып киятырған үлгили үй бийкелериниң ис-тәжирийбелери илаж қатнасыўшыларына  үлги етип көрсетилди. Илажда қатнасыўшылар тәрепинен ҳаял-қызлардың нызам менен белгиленген ҳуқықлары бойынша сораўлар берилип, оларға қәнигелерден тийисли жуўаплар алды.

Буннан соң, мәҳәлледеги белсенди ҳаял-қызлар ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен шаңарақтағы зорлық-зомбылықтың келип шығыўы бойынша сахналық көринислер жыйналғанлардың нәзерине усынылып, бул илаж  қатнасыўшыларында өзгеше тәсир қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы