2024-жылдың 1-декабрь жағдайына бола, Өзбекстанда 563 мың 15 юридикалық тәреп жумыс алып бармақта. Жылдың усы дәўиринде дизимнен өткен жаңа юридикалық тәреплердиң саны болса 76 мың 234 ти қурады. Бул ҳаққында «Фискал анализлер» каналы хабар берди.
Жумыс ислеп атырған юридикалық тәреплер саны бойынша саўда тараўында жетекшилик етти. Мәмлекет бойлап 146,8 мың саўда менен шуғылланып атырған юридикалық тәреп жумыс алып бармақта. Аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы тараўында болса 127,3 мың юридикалық тәреп дизимнен өткен болып, бул аўыл хожалығы тараўының экономикадағы әҳмийетин тастыйықлайды.
Өндирис тараўы да өз орнына ийе болып, 65,8 мың юридикалық тәреп бул бағдарда жумыс ислемекте. Қурылыс тараўында болса 32,3 мың юридикалық тәреп жумыс алып барып атырғаны атап өтилген. Турмыслық ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўы болса 28,4 мың юридикалық тәреп пенен бесликти жуўмақламақта.
Аймақлар кесиминде де юридикалық тәреплер саны бойынша көрсеткишлер жоқары. Ташкент қаласы 103 мың 141 юридикалық тәреп пенен жетекшилик етти. Сондай-ақ, Самарқанд (53 мың 268), Ферғана (49 мың 647) ҳәм Қашқадәрья (43 мың 824) ўәлаятлары бул бағдарда алдында жайласқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги