Ишки ислер министрлиги академиялық лицейинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыў мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутаты К. Артыков,  Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығыныӊ орынбасары Ш. Ибрагимов,  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник М.Рахматуллаев ҳәм оқытыўшылар менен оқыўшы -жаслар қатнасты.

Илажда мәмлекетимизиң бас Нызамы болған Конституцияның инсан ҳуқықларын қорғаўда әҳмийетли ҳүжжет екенлиги сөз етилип, елимиздиң социаллық -экономикалық раўажланыўында тутқан орны ҳаққында айтып өтилди. Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституция дүньяның көплеген белгили экспертлери тәрепинен тән алынғанлығы ҳәм ондағы өзгерислердиң бәри инсан мәпи ушын хызмет ететуғынлығы дыққатқа ылайық.

Илажда Ишки ислер министрлиги академиялық лицейлери педагоглары арасында өткерилген «Ең жақсы пән оқытыўшысы» таңлаўында алдынғы орынларды ийелеген муғаллимлер ҳәм пән олимпиадасында сыйлы орынларды ийелеген , оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған соның менен бирге «Конституция-бахтымыз нышаны» атамасында академиялық лицейи оқыўшылары арасында өткерилген таңалаўда мүнәсип орын ийелеген оқыўшыларға,  «Оқыўдағы жетискенликлери ушын» көкирек белгиси, диплом  ҳәм саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, 16 жасқа толған он оқыўшыға ID картасы салтанатлы түрде тапсырылды.  Соның менен бирге еки оқыўшыға «Министр стипендиясы» белгиленди.

Байрам илажы көтериңки руўхта өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги