Министрлер Кабинетиниң МКҚ-795-санлы қарарына тийкарланып турақ жай емес мүлклер алды-саттысына байланыслы шәртнамалар дүзиў бойынша Мәмлекетлик хызметлер орайларында да хызмет көрсетиледи.

Яғный, онда МХОлар шәртнама тәреплериниң шахсын анықлайды ҳәм шәртнама олар тәрепинен жеке қол қойылғанын тастыйықлайды. Кадастр агентлиги (ямаса оның төменги структуралары) болса көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткереди.

Регламент юридикалық тәреплер арасында турақ жай емес мүлкти басқа шахсқа өткериўге байланыслы жағдайларға қолланылады, турақ жай емес көшпес мүлктиң саўға ҳәм рента шәртнамалары буған кирмейди.

Шәртнаманы мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы рәсмийлестириў ушын  БЕМниң 2 есеси муғдарында жыйым өндириледи. Еслетип өтемиз, бул қарар юридикалық тәрепке өткериўге байланыслы шәртнамаларды өз-ара еркин түрде ямаса нотариал тәртипте тастыйықланған ҳалда рәсмийлестириўге тосқынлық етпейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги