Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм гүзги-қысқы мәўсимде пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти
Мәжилисте район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм сектор басшылары шығып сөйлеп, районда гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, жеке тәртиптеги ҳәм көп қабатлы турақ жайларда, социаллық объектлерде жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў, сондай-ақ, мәҳәллелерде абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша исленип атырған жумыслар сын көзқараста көрип шығылды.
Аймақларда орын алып атырған кемшиликлер ҳәр тәреплеме додаланып, жуўапкер шөлкемлерге оларды өз ўақтында сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги