Бәсеки комитетининиң басламасы менен көп қабатлы турақ жайларға ыссылық жеткериў бойынша газ тарифлери азайтылды.
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги «Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, 1-майдан тәбийғый газ ушын базалық норма ҳәм усыныслар белгиленген еди.
Сондай-ақ, 2024-жыл 31-майда Министрлер Кабинетиниң 319-санлы қарары менен Тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдалары тастыйықланған. Оған тийкарланып, турмыслық тутыныўшыны газ бенен тәмийинлеў ушын тәбийғый газден пайдаланылатуғын уйымлық ҳәм муниципиал турақ жай фондына, юридикалық тәреплердиң жатақханаларына, жеке меншик үй-жай мүлк ийелери ширкетлерине ҳәм халықтың мүтәжликлери ушын локал қазанханаларға жеткерип берилетуғын тәбийғый газ бойынша төлемлер ҳәм есап-санақлар коммуналлық-турмыслың тутыныўшылар ушын белгиленген тарифлер ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылыўы атап өтилген.
Бул талап тийкарында халықтың мүтәжликлери ушын ыссылық энергиясын жеткерип бериўде қазанханаларда нормадан артық тәбийғый газ пайдаланылған. Нәтийжеде төлемлер ҳәм есап-санақлар 4 есеге шекемги қымбат тарифлерде есапланып келинген.
Усының ақыбетинде халық локал қазанханалар арқалы ыссылық энергиясынан пайдаланыўда қымбат баҳаларда төлеў керек болған.
Сол себепли Бәсеки комитети тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда усыныслар ислеп шығылып, Ҳүкиметке киргизилди.
Бул усынысларды инабатқа алып, Министрлер Кабинетиниң 319-санлы қарары менен тастыйықланған Тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларының 111-бәнтине тийисли өзгертиў киргизилди.
Нәтийжеде турмыслық тутыўшыларды ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў ушын тәбийғый газден пайдаланатуғын уйымлық ҳәм муниципал үй-жай фондындағы, юридикалық тәреплер жатақханаларындағы, көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымларындағы локал қазанханаларға жеткерип берилетуғын тәбийғый газ бойынша төлемлер ҳәм есап-санақлар турмыслық тутыныўшылар ушын базалық норма бойынша белгиленген тариф тийкарында (яғный әмелде 650 сум) әмелге асырылыўы атап өтилди.
Ендигиден былай, халықтың мүтәжликлери ушын жоқарыдағы субъектлердеги локал қазанханалар арқалы ыссылық энергиясын жеткерип бериў хызметлериниң тарифлериниң сезилерли дәрежеде азайыўына хызмет етеди, делинеди хабарда.
Ш.Маматуропова,
ӨзА