Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, келеси жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарын көрип шығыў даўамында Президентимиздиң Олий Мажлис палаталарында жасаған баянатларындағы стратегиялық бағдарлар, анық ўазыйпаларға итибар қаратылды. Комитетлер тәрепинен өткерилген мәжилислер, сиясий партиялар фракцияларындағы додалаўларда депутатлар тәрепинен 100 ден артық сораўлар, 10 нан артық концептуаллық әҳмийетке ийе пикир-усыныслар берилди.

Мәжилисте Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери, жергиликли бюджетлер ҳәм Мәмлекетлик мақсетли қорларына байланыслы жойбарда нәзерде тутылған илажлар, оларды қаржыландырыў дереклерине байланыслы мағлыўматлар терең талланғанына айрықша итибар қаратылды.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаўда «Өзбекстан – 2030» стратегиясында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда 2025-жылы белгиленген илажларды қаржыландырыў мәселелерине анықлық киргизилди. Сондай-ақ, келеси жылы «Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм жасыл экономика жылы» деп жәрияланғанлығы мүнәсибети менен бул бағдарларға жумсалатуғын қаржылардың мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигине итибар қаратылды.

Додалаўларда депутатлар тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ушын қаратылып атырған қаржылардың мәнзиллилиги, онда коррупцияға жол қоймаў ушын қандай илажлар көрилиўи, жасыл бюджетлестириў ушын режелестирилген қәрежетлер нәтийжелилиги, сондай-ақ, бюджет қаржылары үстинен қаржы қадағалаўы системаларын жетилистириў бойынша сораў ҳәм анық пикир-усыныслар билдирилди.

Нызам жойбарында бюджет дефицитиниң шекленген муғдарының артып кетиўине жол қоймаў, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының есабынан қосымша қәрежетлерди әмелге асырыўда нызам талапларына қатаң әмел етиў, мәмлекеттиң сыртқы қарызының ҳәм мәмлекеттиң шәртлери миннетлемелери бойынша жойбарда белгиленген шегарадан артып кетпеўи бойынша ҳүкиметтиң өз миннетлемелери депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Додалаўлардан соң нызам жойбары қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.

М.Комилова,

ӨзА