Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда университет басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда ректор А.Реймов шығып сөйлеп, оқыў дәргайында майыплығы болған студентлер ушын жаратылып атырған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз тәрепинен бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, әсиресе, майыплығы болған жаслардың билим алыўы, олардың денсаўлығын тиклеўи ҳәм жәмийетте өз орнын табыўы ушын көрсетилип атырған итибар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Илажда университет ректораты тәрепинен таярланған байрам саўғасы сыпатында қаржылай сыйлықлар ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Илаж даўамында студент-жаслар университет ректораты тәрепинен көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықтан шексиз қуўанышта екенлигин айтып, өз миннетдаршылығын билдирди.

Байрам илажы университеттиң Көркем өнер факультети студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги