Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Қарақалпақстанда жайласқан IТ Парк резидентлери тәрепинен әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлар менен танысып, бир неше кәрхананың жумысы ҳәм олардың регионаллық раўажланыўға қосып атырған үлеси ҳаққында толық мағлыўмат алынды.

Министр “Орбита Услуг” ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылған  Ruxsatnoma.uz  платформасының ислеў принциплери менен танысты. Бул платформа өндирис процесслеринде қәўипсизликти арттырыў ҳәм ҳәдийселердиң алдын алыў ушын мөлшерленген.

Платформа өндирис процесслерин және де қәўипсиз ҳәм нәтийжели етиў менен бирге, мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Сондай-ақ, “Aral Hub” ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылған заманагөй программалық өнимлер менен танысты. Олар арасында CarScan – автомобиллердиң техникалық жағдайын ҳәм ҳәрекетин автоматластырылған тәризде қадағалаў, FaceScan  – бетти анықлаў технологиялары тийкарында қәўипсизлик системалары,  AICamera – жасалма интеллект жәрдеминде видеобақлаў ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў системалары, Taksı – жолаўшы тасыў хызметлерин оптималластырыўға қаратылған программалар бар.

Бул программалар жеке меншик сектор ҳәм де бир неше министрликлерге табыслы енгизилген ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға хызмет етпекте.

Министр бул жойбарлардың әҳмийетин жоқары баҳалап, оларды буннан былай да жетилистириў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша усыныслар берди.

Сондай-ақ, технологиялардың әмелий қолланылыўын кеңейтиў, оларды пайдаланыўшылардың талапларына бейимлестириў ҳәм регионда IТ тараўын раўажландырыўға бағдарланған ҳәрекетлерди күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги