Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялы музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының  «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы нызамның қабылланғаның 35 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы  Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады. Баянатта атап өтилгениндей ана тили – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, бир неше әсирлерден даўамында өзиниң қәдирин жойтпай, келешек әўладларымызға жетип киятырған бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Ҳәр бир халықтың өзине жараса өзгешелигин, елдиң раўажланыўы ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша болып табылады. Сонлықтан, ҳәр бир өсип киятырған әўлад өзиниң ана тилин абайлап сақлаўы, оның жас әўладқа сап ҳалында жетип барыўын тәмийинлеўи керек. Соңғы жыллары мәмлекетимизде өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң еле раўажланыўы ушын оларға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийниликли ислер әмелге асырылмақта. Әлбетте, булардың ҳәммеси мәмлекетлик тилге деген жоқары ҳүрмет ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып есапланады.

Буннан соң кешеде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Нодиржан  Холбўтаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм қарақалпақ тилине көрсетилип атырған ғамқорлықты мақтаныш пенен атап өтти. Илажда Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров өзиниң «Уллы зибаным» атлы қосығын оқып берди.

Байрам кешеси мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги