Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жуўапкерлери Мойнақ районындағы “Жалғызтерек-1” насос станциясында гүзги-қысқы мәўсимде әмелге асырылып атырған жумысларды үйренди ҳәм аймақта “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде нәл егиў жумысларын шөлкемлестирди.
Илажда басқарманың энергетика бөлиминиң баслығы К.Алиев Мойнақ районындағы насос станцияларында әмелге асырылған оңлаў жумысларына тоқтап өтти. Ҳәзирги күнге шекем 3 жаңа насос, 5 электродвигатель, 10 конденсатор орнатылғанлығы есабынан жылына орташа 307 мың кВт. электр энергиясы үнемлениўине ерисилгени атап өтилип, алда турған ўазыйпалар бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Илаж қатнасыўшыларына ҳәзирги ўақытта барлық суў хожалығы мәкемелеринде “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде нәл егиў жумыслары қызғын алып барылып атырғаны айтылып, егилген нәллердиң өсип-раўажланыўы ушын оны тәрбиялаў жумысларына итибар қаратыў зәрүрлиги ескертилди.
“Жалғызтерек-1” насос станциясы әтирапындағы ҳәм канал бойындағы нәл егилетуғын майданлар шарўа маллары басқыламаўы ушын қоршалды.
Соның менен бирге, жуўапкерлер басқарманың «Мойнақ-Қоңырат» бөлими басшыларына насос станциялары әтирапындағы майданларда палыз егинлери, картошка, пияз ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, жәрдемши хожалық есабынан қус ҳәм шарўа малларын бағыўды жолға қойыў арқалы жумысшы-хызметкерлерди қосымша хошаметлеў бойынша тапсырмалар берди.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги