Үйрениўлер даўам етпекте

216

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроруның орынбасары–әскерий прокуроры  Б.Кудратходжаев тәрепинен республикамызда үйрениўлер алып барылмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районы электр тармақлары кәрханасында энергетика қәўипсизлигиниң тәмийинлеў илажлары, бул бағдарда жүзеге келиўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың сапластырыў, электр жүклемелерин тәртипке салыў бойынша жумыслар үйренилди.

Шымбай районында көмир тарқатыў қоймаханасының жумысы, запастағыларды тарқатыў жағдайы көрип шығылды.Сондай-ақ, райондағы социаллық тараўларда, атап айтқанда, районлық медицина бирлеспеси, 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде қыс мәўсимине таярлық, бунда энергия нәтийжелилигин тәмийинлеўбойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди.

Танысыў барысында ушырасып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУдың Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдары 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги