Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында да, 1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» атамасында әдебий-композициялық кеше өткерилди.
Онда орай директоры В.Бекмуратова, Тиллерди оқытыў методикасы кафедрасының баслығы С.Матекеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул сәне қарақалпақ халқы ушын әзиз күн екенин айрықша атап өтип, ана тилимиздиң халқымыз турмысы ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўында тутқан орны менен әҳмийетине тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, инсан ушын Ўатаны, ата-анасы, шаңарағы, сол қатарда, ана тили – муқаддес. Сонлықтан да, ҳәмме ўақыт тил, миллет, Ўатан түсиниклери бирге жүреди. Тилсиз жәмийет раўажланбайды. Ана тили миллет руўхы, ар-намысы.
Себеби, Мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам қабыл етилемен дегенше узақ жыллар даўамында тилимиздиң ең жақсы сыпатларын жойтып келдик. Оның таўсылмас даналығын толық пайдалана алмадық, халықтың аўызеки дөретиўшилигин умыта басладық. Ҳәр қыйлы тарийхый дәўирлер өз билдигинше қарақалпақ тилиниң раўажланыў мүмкиншилигин тарылтып барды. Ана тилге писент етпеўшилик, турпайы қатнас сондай дәрежеде күшейип кетти, базы орынларда ана тилимиздиң орфографиялық қәделерин түсинбей турып, ата-анасының қойған атлары менен фамилияларын надурыс жазатуғын болды.
Қәнигелердиң сөзлерине қарағанда, бүгинги раўажланыў дәўиринде базы тиллердиң жоғалыў қәўпи күшеймекте. Бул өз гезегинде усы тилде сөйлесиўши халықлардың жоғалыўын аңлатады. ЮНЕСКО ўәкиллериниң айтыўынша, бир ўақытлары адамлар сөйлесетуғын тиллер 8 мыңға жеткен болса, кейинги дәўирлерде планетамызда 7 мыңға жақын ғана тил бар. Олардың биразы жоғалып кетиў қәўпинде турыпты. Бул тийкарынан цивилизация себепли мәдениятынан айрылып атырған аз санлы миллетлердиң тиллери есапланады. Бул тиллердиң биразы өз жазыўына ийе болса, айырымлары оннан бийнесип болған. Африка тиллеринде сөйлесиўши халықлардың 80 проценти елеге шекем жазыўына ийе емес. Мыңлап тиллерде билимлендириў системасында пайдаланыўдың имканы жоқ.
Бүгинги күни интернет тилиниң 81 проценти инглис тилине туўра келетуғынлығы айтылмақта. Дурыс, буннан алдын да тиллер пайда болып, айланыста болған, белгили ўақыттан соң жоқ болып кеткен. Бирақ, ҳәзиргидей тиллердиң жеделлик пенен жоғалыўы инсаниятты қәўетерге салады.
– «Тил – мәдeниятымыздың aйнaсы» дейди дана халқымыз. Бизиң тилимизде жаратылғандай мәдений мийрас ҳеш бир халықта жоқ деп ойлайман. Аўызеки әдебиятымыздың 100 том болып баспадан шығыўы усының дәлили десек болады. Буларды оқыўдың орнына интернет ҳәм социаллық тармақларда саатлап отыратуғын болдық. Оқыўды азайтыўдың ақыбетинен тилимиздиң түпкиликли сөзлериниң мәнисин түсинбеймиз. Базы адамлар усындай сөзлерди сөйлеўинде қолланса «басқа тилдиң сөз емес пе?» деп екиленип қараймыз. Негизинде, тилимиздиң ең қаймақ сөзлери бүгинги күни қолланылмай атыр, десек болады. Усының ақыбетинен келешек әўлад сөзлик қорында жүдә кем сөзлерден ғана пайдаланылып қалады деген қәўетердемиз. Себеби, тилимизде күнделикли қолланылатуғын сөзлердиң қатары азайған сайын «тил жарлылығы» жүзеге келиўи мүмкин. Ал, жарлы тил болса, бир күн келип жоғалыў жағасына келип қалыўы мүмкин,-дейди Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайы доценти Б.Турымбетов.
Қарақалпақ тили тийкарынан алғанда жүдә бай тил. Шайыр И.Юсупов «қарақалпақ тилин үйрениўге ҳәрекет еткен адам бахытлы адам, себеби бул тил арқалы үлкен мәдениятты үйренеди» дейди.
Байрам кешеси тыңлаўшылар тәрепинен таярланған әдебий-композиция менен көтериңки руўхта даўам етти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги